Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

06.06.2022 10:55:53 245 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз бюджетинен билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, инфраструктура тараўлары ушын қосымша 545 миллиард сўм қаржы ажыратыў ҳәм Президентимиз тәрепинен бул жумыслардың мәнзилли бағдарламаларын қәлиплестирип, избе-из әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилген.

Бул тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 10-марттағы 131-13-0-Q/22-санлы қарары тийкарында Кегейли районы ҳәкиминиң 2022-жыл 1-апрельдеги  127-13-184-Q/22-санлы шешими менен ис-илажлар режеси ҳәм 2022-2023 жылларда Кегейли районында әмелге асырылатуғын аймақлық инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизими тастыйықланған. Буған бола жәми баҳасы  128738 миллион сўмлық 29 инвестиция жойбарларының әмелге асырылыўы, нәтийжеде 589 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген.

Буннан тысқары, Кегейли районына бириктирилген Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен  2022-2023-жылларда Кегейли районында жәми баҳасы 608877 миллион сўмлық 24 инвестиция жойбарларының әмелге асырылыўы, нәтийжеде 1985 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген.

Бүгинги күни район ҳәкимлиги ҳәмде Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен бул инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, мәҳәллебай ислеў, исбилерменлик, социаллық тараў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының
21-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

                                            ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
    23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша әмелге  асырылып атырған жумыслардың барысы  ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы А.Аманбаевтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 10-марттағы “Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баяны тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында”ғы 131-13-0-Q/22-санлы қарары тийкарында Кегейли районы ҳәкиминиң 2022-жыл 1-апрельдеги 127-13-184-Q/22-санлы шешими менен ис-илажлар режеси тастыйықланғанлығы  мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
    23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасы менен Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен 2022-2023-жылларда Кегейли районында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларының мәнзилли дизими тастыйықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  4. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов), мәжилис баянламасы тапсырмаларының белгиленген мүддетлерде ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша киши исши топарлар (М.Ниязов, А.Утемуратов, Б.Давлетов, А.Аманбаев, П.Өтениязов, А.Сейтимбетов), тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

ис-илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық сыпатлы орынланыўы бойынша зәрүр илажлар белгилеў;

ўазыйпалардың орынланыўы үстинен турақлы мониторинг жүргизиў арқалы  жумысларды шөлкемлестириў;

әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине есабат берип барыў тапсырылсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, А.Аманбаев), Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң Кегейли районындағы штабы ҳәм тийисли жуўапкер тараў басшылары менен биргеликте:

Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Кегейли районында 2022-2023-жылларда әмелге асырылатуғын инвестиция жойбарларының мәнзилли дизиминде белгиленген инвестиция жойбарларының тармақ кестелеринде белгиленген мүддетлерде ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў;

жойбар басламашыларын ҳәр тәреплеме қоллап-куўатлаў, қолайлы шарт-шараятлар жаратыў, белгиленген тәртипте зәрүр болған жер орынларын ажыратыў ҳәм бос турған  имаратлардан мақсетке муўапық пайдаланыў бойынша зүрүр илажларды белгилесин.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) район аймағында инвестиция жойбарлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (С. Қалханов) на ҳәм район ҳәкими орынбасарларына жүкленсин.
06.06.2022 10:55:53 246