Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районлық электр тәмийинлеў кәрханасында (Ж.Ембергенов) ҳәм “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлиминде (С.Нзанов) физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумыслары жақсы жолға қойылғанлығы атап өтилсин.
- “Қарақалпақсуўтәмийнаты” жуўапкершилиги шекленген жәмийети Кегейли районы филиалы баслығы А.Таўбаевқа:
– Өзбекстан Республикасының “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы нызам талапларының турпайы түрде бузылып атырғанлығы, нәтийжеде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы көрсетип өтилсин;
– мүрәжатлар менен ислесиўде орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бой ынша зәрүр илажлар белгилесин;
– қәте-кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер хызметкерлердиң интизамий жуўапкершилигин қарап шығыў усыныс етилсин;
– көрилген илажлар ҳаққында бир ай мүддет ишинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба мәлимлеме бериў тапсырылсын.
- Кегейли районы сектор басшылары (Д.Утемуратов, Қ.Бекмуратов,
Н.Адилбеков, С.Даўлетбаев):
– өткерилген көшпели қабыллаўлардың жуўмағы менен сектор хаткерлери тәрепинен пуқаралардың мүрәжат карточкаларын өз ўақтында жүргизилиўин ҳәм мүрәжатлардың унамлы шешими бойынша белгиленген есабатлардың Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына өз ўақтында усынылыўын тәмийинлесин;
– көшпели қабыллаўларды ҳәм жаслар менен ушырасыўларды өз ўақтында өткерип барыў, пуқаралар тәрепинен көтерилген машқалаларды өз ўақтында унамлы шешиў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;
– сектор хаткерлери тәрепинен мүрәжатлар менен ислесиў жумысларын жүргизиўде қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы өткир сынға алынсын, алдағы ўақытлары кемшиликлерге жол қойылса интизамий жаза шаралары қолланылатуғынлығы ескертип өтилсин.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының өз сайлаў округлеринде сектор басшылары тәрепинен өткерилип атырған көшпели қабыллаўларда толық қатнасыўы тәмийинленсин ҳәм пуқаралар тәрепинен көтерилип атырған машқалалардың мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органлары тәрепинен унамлы шешими бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары үстинен қатаң депутатлық қадағалаўды орнатсын.
- Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), өткерилип атырған қабыллаўлар ҳәм ушырасыўлардың барысы ҳаққында социаллық тармақларда кең түрде жарытып барсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына (М.Аймуратов) ҳәм район ҳәкими орынбасарларына жүкленсин.