Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң елиў үшинши сессиясы ɵтти

04.06.2022 19:16:00 218 Баспаға шығарыў

Сессия күн тәртибинде депутатлар тәрепинен 6 мәселе кɵрип шығылды.

Атап айтқанда күн тәртибинен орын алған биринши мәселеде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Арзымбетов Мурат Утамбетовичтиң мәлимлемеси тыңланды.

Буннан соң,  Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл
25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында Кегейли районы ҳәкими орынбасары-инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы Аманбаев Алпыс Толыбаевич мағлыўмат берди.

Сессиядағы кейинги мәселе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 25-майдағы «Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын мәнзилли қоллап-қуўатлаўға тийис қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-258-санлы қарарының орынланыў барысы ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Хожамбергенова Гүлжахан Муратбаевна баянат жасады.

Сондай-ақ, сессияда Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм  аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳалларды талқылаў ҳаққында Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығы орынбасары-жәмийет қәўипсизлиги бөлими баслығы Ситанов Анвар Ибрагимович мәлимлеме берди ҳәм «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм нуранийлерди қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Сейтимбетов Алишер Алланиязович усынысы тыңланды.

Соның менен бирге, Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында Кегейли районы аўыл хожалығы бөлими баслығы орынбасары Тилеўлесов Арыслан Аўезовичтиң баянаты тыңланды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған мәселелерден келип шығып, пикир-усыныслар тыңланды ҳәм шешим қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

 

 

04.06.2022 19:16:00 219