РАЙОН ҲӘКИМЛИГИНДЕ МҮРӘЖАТ ҮЙРЕНИЛДИ

31.05.2022 18:15:35 229 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкиминиң ҳәпте даўамындағы мүрәжат қабыл етиў күни ҳәптениң жума күни деп белгиленген. Бирақ, усыған карамастан ҳәр күни район ҳәкимлигине ɵзлериниң түрли машқалалары менен мүрәжат етип келиўши пуқаралар саны баршылық. Ал, ҳәкимликте болса, олардың мүрәжаты итибардан шетте қалмайды. Бүгин де, Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Г.ϴтемисованың мүрәжаты район ҳәкими Д.Утемуратов тәрепинен хызмет ханасында қабыл етилди.

Мүрәжат мазмуны бойынша жәмийетлик шәртнама тийкарында ўақтыншалық жумыс ислеп атырған Г.ϴтемисованың шаңарақ жағдайынан келип шығып, турақлы жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў зәрүрлиги бар екенлиги анықланды ҳәм мүрәжат тийисли тараў басшыларының қатнасыўында ҳәр тәреплеме үйренилип шығылып, мүрәжат ийесине исбилерменлик жɵнелиси бойынша бир қатар жумыслар усыныс етилди.

Узақ даўам еткен сәўбетлесиўлерден соң, Г.ϴтемисова үшинши басқыш «Ҳаяллар дәптери»не дизимге алынғанлығы себепли, жәмийетлик шәртнама тийкарындағы ўақтыншалық жумыс орны және белгили мүддетке узайтылыўы бойынша унамлы шешим қабыл етилди ҳәм усы ўақыт аралығында турақлы жумыс пенен тәминлеўдиң барлық илажларын кɵриў бойынша келисилип алынды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

31.05.2022 18:15:35 230