ЖҮЗИМБАҒ АЎЫЛ ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЫНДА УШЫРАСЫЎ БОЛДЫ

25.05.2022 09:44:42 271 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкимине бириктирилген 1-секторға қараслы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынында район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязовтың қатнасыўында аймақ турғынларының мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм ашық сәўбетлесиў мақсетинде ушырасыў шөлкемлестирилди.

Дәслеп аўыл турғынларына аймаққа бекитилген ҳәким жәрдемшиси тәрепинен аймақта исбилерменлик раўажландырыў арқалы жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында усы күнге шекем әмелге асырған жумыслары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Буннан соң, сөз нәўбети пуқараларға берилип, олар өзлерин қыйнап киятырған ишимлик суўы, жол қурылысы ҳәм оңлаў, электр тәмийнаты ҳәм тәбийий газ тармағына тийисли болған турмыслық машқалаларын атап өтти.

Мүрәжатлар тийисли тараў басшылары менен сол орынның өзинде талықланды ҳәм орынларға шыққан ҳалда үйрениў жумыслары алып барылды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

25.05.2022 09:44:42 272