ОРАЙЛЫҚ КӨШЕЛЕРДЕ САЛАМАТЛЫҚ ЖОЛЛАРЫ ҚУРЫЛАДЫ

27.05.2022 09:42:38 221 Баспаға шығарыў

Кегейли районының архитектуралық келбетин жақсылаў, пуқаралар ушын қолайлықлар жаратыў, ишки кɵшелерди заман талабына сай қурыў ҳәм оңлаў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

Атап айтқанда, ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январдағы «2022-2024-жылларда ϴзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында райондағы орайлық Бозатаў жолы кɵшесине 2,1 км, 1-сектор аймағындағы Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйынындағы Олимпия кɵшесине 920 метр, Нурлы гүзар кɵшесине 1,50 км аралықтағы жолларына улыўма баҳасы 3,2 млрд сўмлық «Саламатлық жоллары»ның қурылыс жумыслары басланыў алдында турыпты.

Курылыс жумыслары әмелге асырылатуғын орынлар менен районлық Қурылыс бɵлими басшылары ҳәм тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында үйренип шығыў жумыслары алып барылып, аймақ турғынлары менен сәўбетлесиў ɵткерилди.

Әмелдеги бул жумыслар болса, район халқының турмыс пәраўанлығын арттырыўға ҳәм мүшкилин жеңил етиўге тийкар болып хызмет етеди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

27.05.2022 09:42:38 222