СЕКТОР БАСЛЫҒЫ “АБАТ” АЎЫЛЫ ПУҚАРАЛАРЫНЫҢ МҮРӘЖАТЫН ТЫҢЛАДЫ

17.05.2022 19:36:56 491 Баспаға шығарыў

Бүгин район Ишки ислер бөлими баслығы Н.Адилбеков өзи басшылық етип турған 3-секторға бириктирилген Абат аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Қабыллаў дәслебинде, сектор баслығы тәрепинен аймақта әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы, алдағы режелер, әсиресе, тәбийий газ тармағынан үзилген аўылларды басқышпа-басқыш қайта тәбийий газ тармағына жалғаў бойынша орынланып атырған мәнзилли ҳәм көлемли жумыслар ҳаққында толық ҳәм анық мағлыўматлар берип өтти.

Буннан соң, пуқаралар өзлерин қыйнап жүрген турмыслық машқалалары бойынша сектор баслығына мүрәжат етти.

Қабыл етилген жәми 13 мүрәжат сол орынның өзинде тийисли тараў басшыларының қатнасыўында үйренилип шығылды. Айырым мүрәжат ийелерине ҳуқықый түсирик берилип, үйрениў ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

17.05.2022 19:36:56 492