Кегейлиде пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалы) сайлаў Жүзимбағдан басланды

17.05.2022 19:35:56 452 Баспаға шығарыў

☝️Бүгин, 16-май сәнесинен баслап республикамызда мәҳәлле баслықларын (ақсақалларын)сайлаў басланды.

✍️Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына 238 сайлаўшы қатнасты.

Өткерилген сайлаў, сайлаў нызамшылығына тийкар алып барылып, аўыл халқы өзлери мүнәсип деп билген талабанларына даўыс берди.

Сайлаў нәтийжесине бола, 51,4% даўыс топлаған талабан Байрам Бекбаўлиев жеңимпаз деп табылып, Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына тайынланды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

17.05.2022 19:35:56 453