Кегейлиде ҳәким жәрдемшилерине планшетлер тапсырылды

17.05.2022 19:33:36 142 Баспаға шығарыў

Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшисиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў ҳәм пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен усы белгиленген лаўазым ўазыйпалары бойынша жумыс алып барыўында оларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде бүгин райондағы 16 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилерине хызмет планшетлери тапсырылды.

Илажға район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары қатнасты.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

17.05.2022 19:33:36 143