Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының 2022-жыл 7-марттағы тастыйықланған «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў тараўын реформалаў 2022-жыл даўамында раўажландырыў ҳаққындағы Дәстурин»де белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде, бүгин 7-8-класс оқыўшылары арасында география пәнинен «Кегейли районы ҳәкими кубоги» олимпиадасының Кегейли районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Олимпиада жуўмағына көре қатнасыўшы мектеплер төмендеги нәтийжелерге еристи:
🥇1-орын Кегейли районы
55-санлы мектеп
🥈2-орын Әмиўдарья районы
22-санлы мектеп
🥉3-орын Тақыятас районы
1-санлы мектеп
⚡️Олимпиада жуўмағында жеңимпаз болған мектеп оқыўшылары Кегейли районы ҳәкими тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети