Кесип алыў шәртнамасы түсиниги ҳәм түрлери

17.05.2022 19:24:12 265 Баспаға шығарыў

Кесип алыў шәртнамасы түсиниги ҳәм түрлери

         Кесип алыў шәртнамасы бойынша бир тәреп (кесип алыўшы) екинши тәреп (буйыртпашы)тиң тапсырмасына тийкар бир исти орынлаў ҳәм оның нәтийжесин буйыртпашыға белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады. Егер нызам ҳүжжетлеринде яки тәреплер келисиўинде басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, исти орынлаў ушын кесип алыўшы тәўекел қылады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 37-бабында кесип алыў (пудрат) ҳаққындағы нормалар белгиленген болып, ол
631-702-статьяларынан ибарат.

Кесип алыў шәртнамасы бойынша орынланатуғын ислер затты таярлаў яки оны қайта ислеў (ислеў бериў) я болмаса басқа исти орынлаў, нәтийжесин буйыртпашыға бериў яки басқаша тәризде тапсырыў ҳаққында дүзиледи.

Егер кесип алыў шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, ис кесип алыўшының материаллары, оның күши ҳәм қәрежетлери есабынан орынланады.

Кесип алыў шәртнамасында бас кесип алыўшы ҳәм жәрдемши кесип алыўшы деген түсиниклер бар болып, егер нызам ҳүжжетлеринде яки кесип алыў шәртнамасында кесип алыўшының шәртнамада көрсетилген исти шахсан өзи орынлаўы кереклиги келип шықпаса, кесип алыўшы өз миннетлемелериниӊ бир бөлегин орынлаў ушын басқа шахслар (жәрдемши кесип алыўшылар)ды тартыўға ҳақылы. Бундай жағдайларда кесип алыўшы бас кесип алыўшы есапланады, ал бас кесип алыўшы миннетлемесиниӊ бир бөлегин орынлаўшы үшинши шахс бул жәрдемши кесип алыўшы есапланады.

Кесип алыў шәртнамасының түрлери ҳаққында айтып өтетуғын болсақ, кесип алыў шәртнамасының: күнделикли турмыслық кесип алыў шәртнамасы; қурылыс кесип алыў шәртнамасы; жойбар ҳәм қыдырыў ислери кесип алыў шәртнамасы ҳәмде илимий-изертлеў, тәжрийбе-конструкторлық ҳәм технология ислери кесип алыў шәртнамалары болып, бир неше түрлери бар.

– Күнделикли турмыслық кесип алыў шәртнамасы исбилерменлик жумысын әмелге асырып атырған кесип алыўшы турмыслық кесип алыў шәртнамасы бойынша буйрытпашы пуқараның тапсырмасы менен оның турмыслық яки басқа жеке зәрүрәтларына қаратылған белгили бир ислерди орынлаў миннетлемесин, буйыртпашы болса исти қабыл етип алыў ҳәм ҳақысын төлеў миннетлемесин алады.

– Қурылыс кесип алыў шәртнамасы бойынша кесип алыўшы шәртнамада белгиленген мүддетте буйыртпашының тапсырмасы менен белгили объектти қурыў яки басқа қурылыс исин орынлаў миннетлемесин алады, буйыртпашы болса кесип алыўшыға исти орынлаў ушын зәрүр шәраят жаратып бериў, исти қабыл етип алыў ҳәм келисилген ҳақысын төлеў миннетлемесин алады.

Қурылыс кесип алыў шәртнамасы кәрхананы, имаратты (атап айтқанда, уй-жай имаратын) яки басқа объектти қурыў яки қайта оӊлаў ҳаққында, сондай-ақ монтаж, сазлаў-иске түсириў ҳәм қурылып атырған объект пенен тиккелей байланыслы болған басқа ислерди орынлаў ҳаққында дүзиледи. Қурылыс кесип алыў шәртнамасы ҳаққындағы қағыйдалар, егерде шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, имаратларды капитал оңлаў ислерине қарата да қолланылады.

Кесип алыўшы қурылыс ҳәм оныӊ менен байланыслы болған ислерди истиң көлеми, мазмунына ҳәм оларға қойылатуғын басқа талапларды белгилейтуғын жойбар-смета ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырыў шәртлиги белгиленген.

– Жойбар ҳәм қыдырыў ислери кесип алыў шәртнамасы бойынша кесип алыўшы (жойбарлаўшы, қыдырыўшы) буйыртпашының тапсырмасы бойынша белгиленген мүддетте жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм (яки) қыдырыў ислерин орынлаў миннетлемесин, буйыртпашы болса оны қабыл етип алыў ҳәм ҳақ төлеў миннетлемесин алады.

Егер нызамда яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, жойбар ҳәм қыдырыў ислери шәртнамасына күтилмегенде орынлаў мүмкин болмаслығы қәўпи буйыртпашының мойнына жүкленеди.

– Илимий-изертлеў ислери кесип алыў шәртнамасы бойынша кесип алыўшы (орынлаўшы) буйыртпашы берген ўазыйпада көрсетилген илимий тексериўлерди әмелге асырыў, тәжрийбе-конструктолық ҳәм технология ислери кесип алыў шәртнамасы бойынша болса – жаңа буйым үлгисин, оған тийисли конструкторлық ҳүжжетлерин, жаңа технологияны ислеп шығыў яки үлги нусқасын таярлаў миннетлемесин алады. Бунда буйыртпашы кесип алыўшыға (орынлаўшыға) техникалық тапсырық бериў, исти қабыл етип алыў ҳәм оның ҳақысын төлеў миннетлемесин алады.

Кесип алыў шәртнамасы жүзесинен келип шығатуғын даўлар, егерде бул шәртнамалар хожалық жүритиўши субъектлер ортасында яки хожалық жүритиўши субъект ҳәмде мәмлекетлик яки басқа органлар ортасында дүзилген болса, экономикалық судлар тәрепинен көрип шығылады.

Экономикалық судлар тәрепинен кесип алыў шәртнамаларынан келип шығатуғын даўлар менен байланыслы ислерди Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси ҳәм басқада нызам ҳүжжетлери нормаларына ҳәмде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумыныӊ «Экономикалық судлар тәрепинен қурылыс кесип алыў шәртнамасынан келип шығатуғын даўларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин қоллаўдыӊ айрым мәселелери ҳаққында»ғы 306-санлы қарарында берилген түсиндириўлерге тийкарланып көрип шығады.

 

З.Бердимуратов,

Шымбай районлар аралық

экономикалық судының баслығы                                          

17.05.2022 19:24:12 266