Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022 жылдың биринши шереги жуўмағы менен дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларының жумсалыў жөнелислери ҳаққында.

16.05.2022 18:57:59 548 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 30-декабрьдеги «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы
ЎРҚ-742-санлы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң
119 ҳәм   126 статьяларына муўапық Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022-жыл биринши шереги жуўмағы менен дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларын мақсетке муўапық жумсалыўын тәмийинлеў мақсетинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022 жыл биринши шереги жуўмағы менен дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларының жумсалыў жөнелислери бойынша усынысы мақуллансын.
  2. Кегейли районы ушын 2022-жыл 1-шереги жуўмағы менен дараматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылары муғдары
    1-қосымшаға муўапық, дараматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларының жумсалыў жөнелислери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Қаржыларды әмелге асырыўшы жуўапкер мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына:

– ажыратылған қаржыларды, туўры, мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;

– жумсалмаған ҳәм үнемленген қаржыларды районның жергиликли бюджетине қайтарыў иләжларын көрсин.

  1. Кегейли районы финанс бөлими (Ж.Ибрагимов):

– жергиликли бюджеттиң қәрежетлер режесине белгиленген тәртипте тийисли өзгерислер киргизиў;

– ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы үстинен тийисли  тәртипте қадағалаў орнатсын.

  1. Кегейли районы ғазнашылық бөлимине (М.Матекеев) ажыратылған қаржылар бойынша төлемлерди орнатылған тәртипте ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў тапсырылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) жүкленсин.
16.05.2022 18:57:59 549