Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплердиң имаратларын оңлаў, инфрадүзилисин жақсылаў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында.

16.05.2022 18:56:27 485 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплердиң имаратларын оңлаў, инфрадүзилисин жақсылаў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И

  1. Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплердиң имаратларын оңлаў, инфрадүзилисин жақсылаў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы мәселе бойынша бөлим баслығы Қ.Бекимбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплердиң имаратларын оңлаў, инфрадүзилисин жақсылаў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша мектеплер кесиминде “Жол карта”сы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, А.Отемуратов, Б.Давлетов), Кегейли районлық халық билимлендириў бөлими (Қ.Бекимбетов) ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте:

– “Жол карта”дағы белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сыпатлы орынланыўын тәмийинлеў;

– мектеплердиң мартериаллық-техникалық базасын беккемлеў, имаратларын оңлаў, инфрадүзилисин жақсылаў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша нәзерде тутылған бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардан тысқары қосымша қаржылардың дәреклерин излестирсин ҳәм район ҳәкимине усыныслар киритсин;

– мектеплерди жаңа оқыў жылына ҳәмде гүз-қыс мәўсимине өз ўақтында ҳәм нәтийжели таярлаў;

– мектеплердеги ушырасып атырған машқалаларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели ҳал қылыў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;

  1. Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплерди жаңа оқыў жылына ҳәмде гүз-қыс мәўсимине таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы усы жылдың екинши ярым жыллығында үйренип шығылсын ҳәм үйрениў нәтийжелери Халык депутатлары районлық Кеңесинде терең анализленген ҳалда талқылансын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлык Кеңеси депутатлары өз округлери аймағындағы мектеплердиң имаратларын оңлаў, инфрадүзилисин жақсылаў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша “Жол карта”сында белгиленген илажлардың орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаўын орнатсын.
  3. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

 

16.05.2022 18:56:27 486