Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими тәрепинен тараўға тийисли қабыл етилип атырған Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.

16.05.2022 18:55:17 574 Баспаға шығарыў

Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими тәрепинен тараўға тийисли қабыл етилип атырған Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И

  1. Районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы Г.Ерниязованың бөлим тәрепинен тараўға тийисли қабыл етилип атырған Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, Б.Давлетов), Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими (Г.Ерниязова) район аймағында балалардың мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбияға толық қамтып алыныўын тәмийинлеў бойынша айқын илажлар белгилесин ҳәм басқышпа-басқыш орынланыўын тәмийинлесин.
  3. Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими (Г.Ерниязова), мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте:

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысларын Өзбекстан Республикасының “Мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия ҳаққында”ғы Нызамының ҳәмде  тараўға тийисли қабыл етилип атырған Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң буйрыклары талаплары тийкарында шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў;

– балалардың раўажланыўы, тәлим ҳәм тәрбия алыўы ушын қәўипсиз шарт-шараятлар жаратыў;

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң педагогикалық кенеси жумысын талап дәрежесинде шөлкемлестириў, бунда тәлим-тәрбия процессин шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратыў;

– педагог-тәрбияшылардың билимин турақлы түрде жетилистирип барыў, олардың дөретиўшилик басламаларын раўажландырыў, тәлим ҳәм тәрбия процессинде илим-пән жетискенликлерин ҳәм алдыңғы педагогикалық тәжирийбелерди енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратыў;

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң бақлаў кенеси жумысын талап дәрежесинде шөлкемлестириў, бунда мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми басшысының шөлкемниң жумысын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў туўралы есабатын бақлаў кеңеси мәжилисинде турақлы түрде еситиўди жолға қойыў;

– тәрбияланыўшылардың саламат аўқатлыныўын белгиленген санитария қағыйдаларына, нормаларына ҳәм гигиена нормативлерине муўапық дурыс шөлкемлестириў тапсырылсын;

– тәрбияланыўшылардың саламат аўқатлыныўын шөлкемлестириў ушын районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы  ҳәмде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорлары жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;

– жәмийетшилик ҳәм ата-аналар менен бирге ислесиў жумысларын талап дәрежесинде шөлкемлестириў ҳәм жолға қойыў;

– мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў, олар ортасында бәсекени қәлиплестириў бойынша айқын илажлар белгилеў тапсырылсын.

  1. Кегейли районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң ҳәмде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумыслары усы жылдың екинши ярым жыллығында үйренип шығылсын ҳәм үйрениў нәтийжелери Халык депутатлары районлық Кеңесинде терең анализленген ҳалда талқылансын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлык Кеңеси депутатлары өз округлери аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринин жумыслары үстинен, әсиресе тәрбияланыўшылардың саламат аўқатланыўын шөлкемлестириў бойынша жумыслары үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаўын орнатсын.
  3. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.
16.05.2022 18:55:17 575