Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл 5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында берилген ўазыйпалар ҳаққында.

16.05.2022 18:54:28 331 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл 5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында соңғы бес жыл ишинде республикада медицина тараўының бул жөнелислериниң материаллық-техникалық тәмийинлениўи ҳәм кадрлар потенциалын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылғанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, 2224 жаңа тез жәрдем машиналары сатып алынған, заманогөй реанимация машиналары саны 24 тен 435 ке жеткерилген, тез жәрдем станциялары ҳәм бригадалары саны да бираз көбейген, сондай-ақ бир шақырық ушын дәри-дармаққа ажыратылып атырған қаржылар муғдары 16 есеге, дәри түрлери 20 дан 45 ке көбейген.

Қыстаўлы жәрдем тараўында да төменги буўынға үлкен итибар қаратылып,  аймақларда 21 орында районлар аралық қоспа наўқасланыў ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилген, нәтийжеде район ҳәм қала халқының ўалаят орайларына муражатларының кемейиўине ерисилген.

Соның менен бирге видеоселектор жыйналысында медицина тараўында ҳал етилиўи  лазым болған бир қатар машқалалардың орын алып атырғанлығы өткир сынға алынды.

Атап айтқанда, өткен жылы республика бойынша тез медициналық жәрдем бригадасының шақырықларға кешигип келиўи бойынша 50 мыңнан аслам шағымлар келип түскен, тез медициналық жәрдем машиналарының көпшилигинде навигация үскененелери жоқлығы, және ең үлкен машқалалардың бири қыстаўлы жәрдем кесел ушын ең жақын медицина мәкемесинде емес, бәлки тек ғана алдыннан бириктирилген санаўлы емлеўханаларда көрсетилип келингенлиги атап өтилди.

Президентимиз тәрепинен орынларда тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлерин буннан былайда жақсылаў ҳәм раўажландырыў бойынша район, қала ҳәкимликлерине өзлериниң аймақлық бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпалары қойылды.

Видеоселектор жыйналысында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл
    5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында белгилеп берилген ўазыйпалар орынлаў ўшын басшылыққа алынсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл
    5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор жыйналысында белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша Кегейли районлық медицина бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшысы М.Досбергеновтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Кегейли районлық медицина бирлеспесине (М.Досбергенов) тийисли мәпдар шөлкемлер менен биргеликте видеоселектор жыйналысындағы белгиленген ўазыйпалардан келип шығып районда медицина тараўының жумысын буннан былайда жақсылаў, тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлерин раўажландырыў бойынша усынысларды таярласын ҳәм район ҳәкимлигине усынсын.
  4. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, Б.Давлетов) тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлерин раўажландырыў бойынша аймақлық бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына тастыйықлаўға усынсын.
  5. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.
16.05.2022 18:54:28 332