Кегейли районы аймағында «Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы мәҳәлле ҳәм нуранийлерди қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы А.Сейтимбетовтың Кегейли районы аймағында «Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының орынланыў барысы ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Пуқаралар жыйынлары тәрепинен «Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
- Мәҳәлле ҳәм нуранийлерди қоллап-қуўатлаў бөлими
(А.Сейтимбетов), пуқаралар жыйынлары баслықлары:
– ҳәр бир пуқаралар жыйыны кесиминде «Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының нызамының талапларына әмел еткен ҳалда пуқаралар жыйынлары жумысын буннан былайда жақсылаў бойынша айқын илажлар белгилесин;
– пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларын турақлы түрде ҳәр шеректе кеминде бир мәрте өткерип турылыўын тәмийинлесин;
– бунда пуқаралар жыйынлары баслығы (ақсақалы), таяныш пункти ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша инспекторы, аймақтағы билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң басшыларының ҳәр шеректе кеминде бир мәрте пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларында есабат берип барыўға миннетленсин;
– пуқаралар жыйыны кеңесиниң ўәкилликлери шеңберинде белгиленген илажларды ҳәм кеңес мәжилислерин өз ўақтында өткерип барыў;
– пуқаралар жыйыны жумысының тийкарғы жөнелислери бойынша комиссияларының жумысларын жүргизиўди тәртипке келтириў;
– сектор басшылары менен биргеликте “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптери” дизиминде турған жәрдемге мүтәж пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бйынша илажларды системалы түрде әмелге асырып барсын;
– аймақты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша жумысларды турақлы түрде алып барсын;
– кем тәмийинленген шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларға социаллық напақа тайынлаў бойынша ажыратылып атырған қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў тапсырылсын.
- Пуқаралар жыйынларының жумысларына байланыслы мәселелер бойынша жергиликли ҳәкимияттың атқарыўшы органы басшыларының ҳәр шеректе пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларында есабат берип барыўы белгилеп қойылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (Б.Искендеров) жүкленсин.