Район аймағында инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының
21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы А.Аманбаевтың район аймағында инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими (А. Аманбаев) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– район аймағында санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша ислеп шығылған инвестиция жойбарларын әмелге асырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў;
– 2022 жыл инвестиция бағдарламасына киритилген жойбарларды өз ўақтында ҳәм сыпатлы әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
– биринши наўбетте туўрыдан туўры сырт ел инвестицияларын киргизиў ҳәм сырт ел инвесторлары қатнасында жаңа жойбарларды әмелге асырыў;
– районның экспорт потенциалын асырыў, экспортёр карханалардың әмелдеги режелерин орынлаў жағдайын турақлы түрде мониторинг етип барыў ҳәмде районның экспорт режесин белгиленген мүддетте орынлап барыў;
-район аймағындағы экономикалық өсиў дәрежеси аўыр аймақларда инвестиция жойбарларын әмелге асырыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленсин.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатларына аймақлардағы инвестиция жойбарларының орынланыўы үстинен қатаң депутатлық қадағалаў орнатыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С. Қалханов) ҳәмде тараўлар бойынша район ҳәкиминиң орынбасарларына жүкленсин.