Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги ”Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32- санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

16.05.2022 18:51:07 509 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң миздиӊ 2021-жыл    9-декабрдеги «Жана Өзбекстан»  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыуын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында районымызда жаӊа турақ-жайлар массивин шөлкемлестириў ушын «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны “Өтеген” елаты аймағынан 10,8 гектар жер майданы таӊлап алынған.

Шөлкемлестирилип атырған турақ-жай массивинде 2022-2024-жылларда жәми ҳар бири 30 квартирадан ибарат 20 дана көп қабатлы турақ-жайлардың қурылысы режелестирилип, жәми 600 шаӊарак заманагөй турақ-жайлар менен тәмийинлениўи белгиленбекте.

2022 жылда жаңа турақ-жай массивинде 7 дана көп қабатлы 30 квартирадан ибарат турақ-жайлардың қурылысын алып барыў ушын   ашық электрон-аукцион арқалы кесип алып ислеўши кәрханалар тәрепинен жеӊип алынып, бүгинги күни курылыс жумыслары басланып тырнағын қалаў жумыслары алып барылмақта.

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги ”Жаңа Өзбекстан”  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың  социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы        ПФ-32- санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге  асырылып атырған жумыслардың барысы  ҳаққындағы мәселени қарап шығып, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик  ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги ”Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы        ПФ-32- санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге  асырылып атырған жумыслардың барысы  ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Отемуратов), районлық архитектура ҳәм қурылыс бөлими (Н.Өтепова):

район аймағынан жаңадан шөлкемлестирилип атырған турақ-жай массивинде көп қабатлы турақ жайлар, инженерлик-транспорт коммуникациясы, социаллық тараўлар, өндирис, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң комплекс тәризде қурылыўына айрықша итибар қаратыў;

–  қурылыс-монтажлаў жумысларын өз ўақтында ҳәм сыпатлы әмелге асырыў , оларда жергиликли заманагөй қурылыс материаллары ҳәм үскенелерди кеңнен қолланыў арқалы  үй-жайлардың баҳасын пәсейттириў ҳәмде қурыўшы шөлкемлер ушын қолайлы шарт-шараятлар жаратып бериў бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;

– көп қабатлы турақ жайлардың қурылыс жумысларында белгиленген қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларына, қурылыс-монтажлаў ҳәм пардозлаў жумысларын орынлаў сыпатына қатаң әмел қылыў бойынша шөлкемлестириў-техникалық илажлардың әмелге асырылыўы үстинен системалы түрде қадағалаў орнатсын.

  1. “Жаңа Өзбекстан” массивинде қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың ҳәм басқада объектлердиң қурылыс жумысларының барысы ҳәр шеректе Халық депутатлары районлық Кеңеси сессиясында кең түрде талқыланып барылсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) район аймағында жаңа турақ жай массивин қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барсын.
  3. Усы шешимниӊ орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары районлық Кеӊесиниӊ Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Ж.Төрениязов)на жүкленсин.
16.05.2022 18:51:07 510