Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында” ғы Нызамның 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М.Ниязовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги, тийисли мәкеме, қәрхана, шөлкемлер тәрепинен хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
- Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары (М.Ниязов), экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– еки ҳәпте мүддетте 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўдағы кемшиликлерди сапластырыў ҳәм исленген жумыслар бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў;
– экономикалық өсиўди тәмийинлеўде хызметлер тараўын әҳмийетли драйверге айландырыў ҳәм 2022-жылда хызметлер көлемин арттырыў;
– хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша жумыссыз пуқараларды кәсипке оқытыў ҳәм исбилерменлик жумысларын жолға қойыўға көмеклесиў, оларға таяр бизнес режелер ҳәм жойбарлар усыныў;
– хызметлер тараўын раўажландырыў барысында артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, ҳәр бир аймақтың талабына қарап хызметлер түрлерин кеңейтиў, қалада транспорт, финанслық, банк, туризм, саўда ҳәм басқа да хызмет түрлерин кеңейтиў жумысларын алып барыў ўазыйпалары тапсырылсын.
- Акционерлик-коммерциялық Агро банк, Халық банк районлық филиаллары, хызметлер тараўында жаңадан шөлкемлестирилип атырған исбилерменлик субъектлерине жумысларын баслаўда зәрүр болған кредит қаржыларын өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлеў ўазыйпалары тапсырылсын.
- 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыў барысы ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында талқыланып, жуўапкер басшылардың жумысына сын көз қарас пенен баҳа берип барылыўы белгилеп қойылсын.
- Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы материаллар ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытып барылсын.
- Усы шешимниң орынланыўы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С. Қалханов) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовқа жүкленсин.