Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарының районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, жергиликли бюджеттиң дараматлар базасын асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша есабаты ҳаққында.

16.05.2022 18:48:29 514 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовтың Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен аймақта кәмбағаллықты қысқартыў, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының әмелге асырылыўы, бюджеттиң дараматлар базасын асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 1. Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовтың Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен аймақта кәмбағаллықты қысқартыў, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының әмелге асырылыўы, бюджеттиң дараматлар базасын асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселе бойынша баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары (М.Ниязов), экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими (Қ.Алланазаров), районлық мәмлекетлик салық инспекциясы (С.Даўлетбаев), районлық статистика бөлими (М.Айымбетов) тийисли тараў басшылары менен биргеликте 2022 жылдың биринши ярым жыллығы ушын белгиленген финанс-экономикалық прогноз көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды белгилесин ҳәм орынланыўын тәмийинлесин.

Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары (М.Ниязов), районлық мәмлекетлик салық инспекциясы (С.Даўлетбаев), халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы (А.Жумабаев):

саўда, улыўма аўқатланыў, өндирис, хызмет көрсетиў, қурылыс ҳәм аўыл хожалығы тараўларында нәрәсмий түрде жумыс алып барып атырған пуқаралардың исбилерменлик жумысларын легалластырыў;

исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт қылыў бойынша хызмет көрсетиў жумыслары менен шуғылланып атырған пуқараларды салық органларында белгиленген тәртипте дизимге алыныўын тәмийинлеў бойынша тәсиршең шараларды белгилесин.

исбилерменлик субъектлеринде жаратылып атырған жумыс орынлары бойынша есабатларының ҳақыйқатлығын терең анализ қылыў;

жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, шаңарақ бизнесин раўажландырыў ҳәм пуқаралардың өзин-өзи бәнтлеў бойынша жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумысларын алып барыў ҳәмде бул бойынша график тийкарында ҳәр айда аймақларда бос жумыс орынлары ярмаркалары шөлкемлестириў тапсырылсын.

  1. Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы (С.Даўлетбаев), Акционерлик-коммерциялық Агробанк Кегейли филиалы (С.Қалханов), Акционерлик-коммерциялық Халқ банки Кегейли бөлими (М.Қулмуратов):

саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында қадағалаў касса машинасы ҳәм виртуал касса орнатылыўын ҳәм толық хызмет көрсетиўин тәмийинлеў;

қадағалаў касса машиналарынан 3 күннен 30 күнге шекем болған дәўирде пайданбай атырған исбилерменлик субъектлери менен түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барыўды әмелге асырыў;

исбилерменлик субъектлери тәрепинен халыққа көрсетилип атырған жумыс ҳәм хызметлер бойынша нақ пул түсимлерин толық муғдарда банк кассаларына кириске алыныўын тәмийинлеў бойынша барлық зәрүр илажларды белгилесин.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары (М.Ниязов), тийисли тараў басшылары менен биргеликте усы жылдың ҳәмде ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша бюджет дараматларының прогноз корсеткишлериниң орынланыыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде талқылап барсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, А.Аманбаев, А.Отемуратов), районлық мәмлекетлик салық инспекциясы (С.Даўлетбаев) район аймағындағы бос турған объектлер ҳәм қурылыс ушын ажыратылыўы тийис жер участкаларын толық қайта инвентаризациядан өткерип, анықланған объектлерди белгиленген тәртипте исбилерменлерге бериў ҳәм жаңадан қосымша жойбарлар шөлкемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў илажлары көрилсин.
  3. Кегейли районы мәмлекетлик салық инспекциясы (С.Даўлетбаев), районлық статистика бөлими (М.Айымбетов) менен биргеликте район аймағында жүз берип атырған жасырын экономикаға байланыслы фактлерди үйренип шығыў, бул бойынша үгит-нәсият, түсиник жумысларын алып барыў ҳәм төлеў мүддети өткен салық қарыздарлықларын өндириў илажларын көрип қосымша бюджеттиң дарамат базасын жақсылаў шараларын көрсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

16.05.2022 18:48:29 515