Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги ҳәмде мәҳәллелерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

16.05.2022 18:44:31 370 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги ҳәмде мәҳәллелерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги ҳәмде мәҳәллелерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Акционерлик-коммерциялық Агробанк Кегейли филиалы (С.Қалханов), Акционерлик-коммерциялық Халқ банки Кегейли филиалы (М.Қулмуратов), Кегейли районы халықтың бәнтилигине көмеклесиў орайы (А.Жумабаев) тәрепинен аймақлардағы исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында пуқараларға имтиязлы кредитлер ҳәм субсидия ажыратыўда кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы  көрсетип өтилсин ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажларды белгилесин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов) аймақлардағы исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқараларға субсидия ҳәм имтиязлы кредитлер ажыратыў бойынша берилген усыныслардың өз ўақтында тәмийинлениўин қатаң қадағалаўға алып күнлик мониторингин жүргизиў тапсырылсын.
  4. Кегейли районы сектор басшылары (Д.Утемуратов, Қ.Бекмуратов,
    Н.Адилбеков, С.Даўлетбаев):

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәлимлемесин тийисли тәртипте үйренип шығып, анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көрсин;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы ҳәм де Виртуал қабыллаўханаға физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлардың өз ўақтында нызамлы тәртипте көрип шығылыўын тәмийинлесин;

– сектор баслықлары тәрепинен көшпели қабыллаўларды ҳәм жаслар менен ушырасыўларды өз ўақтында өткерип барыў, өткерилген қабыллаўларды ҳәм ушырасыўларды ғалаба хабар қуралларында кең түрде жарытып барсын;

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, Б.Давлетов, Г.Хожамбергенова), Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими (А.Төремуратов) пуқаралар жыйынлары ақсақаллары, орынлардағы ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери менен биргеликте:

-“Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларына қатаң әмел етиўин нәтийжели шөлкемлестириў;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы менен биргеликте ислесиў арқалы өзлериниң комплекслерине кириўши мәкемелер, кәрханалар ҳәм шөлкемлер тәрепинен халық қабыллаўханасы ҳәм виртуал қабыллаўханасына келип түскен мүрәжатлардың нәтийжели орынланыўын қадағалаўға алсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязовқа жүкленсин.
16.05.2022 18:44:31 371