Сессияда Кегейли районы Финанс бөлими баслығыныӊ 1-орынбасары А.Адилбаевтың жергиликли бюджеттиң 2022 жыл 1-шереги жуўмағы менен дараматлардыӊ арттырып орынланған бөлеги хаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

14.05.2022 12:17:17 551 Баспаға шығарыў

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл
18-апрель күнги 683-санлы қарары тийкарында Кегейли районы жергиликли бюджетиниӊ 2022-жыл 1-шереги жуўмағы менен дараматлар режесиниӊ арттырып орынланған бөлеги суммасы 152,6 млн.сўм етип белгиленип, усы қарар тийкарында төмендеги мақсетлер ушын жөнелтирилди. Атап айтқанда:

 – «Ҳаяллар дәптери» қорына 22,9 млн.сўм;

– «Жаслар дәптери» қорына 22,9 млн.сўм;

– «Пуқаралар басламасы» қорына 45,8 млн.сўм;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл
3-март күнги 613-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фондына 10,0 млн.сўм;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл
31-март күнги 664-санлы қарары тийкарында “Мырза Улуғбек мийрасхорлары” таӊлаўы жеӊимпазларын сыйлықлаў ушын 7,4 млн.сўм;

Ҳәмде Өзбекистан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 18-февраль күнги “Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле инистутын жәнеде қоллап-қуўатлаў, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаӊа дәрежеге алып шығыў ис-илажлары хаққында”ғы ПП-5938-санлы пәрманыныӊ 28-бәнтинде жергиликли бюджетлердиӊ қосымша дереклери ҳәм бюджет шөлкемлериниӊ материаллық хошаматлеў арнаўлы жамғармасы есабынан пухаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниӊ лаўазым ис-ҳақысына 30 пайыз қосымша арнаўлы үстеме ушын 43,6 млн.сўм қаржы ажыратылыўы белгиленген.

 

 

14.05.2022 12:17:17 552