Кегейли районы халық билимлендириў бөлими баслығы Қ.Бекимбетовтың район аймағындағы улыўма орта билим бериў мектеплери имаратларына жеңил оңлаў ҳәмде әтирапын қорғанша менен қоршаў жумысларын әмелге асырыў бойынша баянаты тыңланды.

14.05.2022 12:05:29 566 Баспаға шығарыў

 

Кегейли районы ҳәкими ҳәмде сектор басшылары менен биргеликте «Үйме-үй» жойбары тийкарында өткерилген ушырасыўларда анықланған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылып, аймақта жасаўшы халық пенен сәўбетлесиўлер өткерилмекте.

Усындай ушырасыўларда район аймағында жасаўшы пуқарлар тәрепинен  Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы
2, 4, 5, 6, 7, 8, 9, 11, 12, 14, 15, 16, 19, 23, 25, 26, 33, 34, 35, 37, 38, 40, 41-санлы мектеплер  ҳәм 21, 36-санлы мектеп филиаллары имаратларына оңлаў жумысларын алып барыў бойынша бир қанша усыныслар билдирилди. Бул усынысларда мектеплердиң шиферлары, айналары, ысытыў ҳәм электр тармақларының тозыўы жетиўине байланыслы алмастырылыўы, класс ханалары, асхана буфетлерине жеңил оңлаў жумысларын, мектеп әтирапларын толық қорғанша менен қоршалаў, ҳәжетханаларын оңлаў ҳәм қурыў, 38-санлы улыўма орта билим бериў мектебине ҳәмде 36-санлы улыўма орта билим бериў мектеби филиалына газ тартыў жумыслары усыныс етилген.

Сондай-ақ 2, 4, 9 ҳәм 14-санлы мектеплериниң асханаларына жеңил оңлаў  жумысларын алып барыў,  5, 6, 7, 8, 11, 16, 23, 34,35-санлы мектеплери ҳәм
21-санлы мектеп филиалы әтирапларын қорғанша менен қоршалаў ҳәм шиферларын өзгертиў, 12, 15, 19, 25, 26, 33, 37, 38-санлы мектеплердиң ысытыў электр тармақларын оңлаў, айна қапыларын алмастырыў, әтирапын қорғанша менен қоршалаў, шиферларын өзгертиў, көмир отын сақлаў ушын қоймаханалар қурыў ҳәмде 38-санлы мектеп ҳәм 36-санлы мектеп филиалына газ тартыў жумысларын алып барыў зәрүр. Усы көрсетилген машқалалар мектеп оқыўшыларының тәлим-тәрбия алыўына бир қанша машқалалар туўдырмақта.

Ҳүрметли депутатлар ҳәм сессия қатнасыўшылары!

Усыларды есапқа алып Сизден район турғынларынын сораўларын  қанаатландырыў мақсетинде жоқарыда келтирилген улыўма орта билим бериў мектеплерине жеңил оңлаў жумысларын ислеў ҳәм әтирапын қорғанша менен қоршап бериў мәселесин көрип шығып тастыйыклап бериўиңизди усыныс етемен.

14.05.2022 12:05:29 567