Районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, жергиликли бюджеттиӊ дәраматлар базасын асырыў ҳәм жаӊа жумыс орынларын жаратыў бойынша район ҳәкиминиӊ финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М.Ниязовтыӊ малимлемеси

14.05.2022 10:46:51 578 Баспаға шығарыў

 

Районды социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, жергиликли бюджет дәраматлар базасын асырыў ҳәм жана жумыс орынларын жаратыў бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы жылдыӊ январь-март айлары жуўмағында:

– 20,9 млрд.сўмлық санаат өнимлери ислеп шығарылып, өсим пәти 102,5 пайызды, халықтыӊ жан басына 283,6 мыӊ сӯмды;

– 9,8 млрд.сўмлық халық тутыныў товарлары ислеп шығарылып, өсим пәти 105,6 пайызды, халықтыӊ жан басына         133 мыӊ сӯмды;

– 23,1 млрд.сўм муғдарында қурылыс жумыслары орынланып, өсим пәти 101,2 пайызды, халықтыӊ жан басына 313,5 мыӊ сўмды;

– усақлап сатыў товар айланбасы көлеми 69,8 млрд.сўмды, өсим пәти 105,6 пайызды, халықтыӊ жан басына 946,7 мыӊ сўмды;

– 34,9 млрд.сўмлық хызметлер көрсетилип, өсим пәти                114,6 пайызды, халықтыӊ жан басына 474 мыӊ сўмды;

– 46,2 млрд.сўмлық аўыл хожалық өнимлери жетистирилип, өсим пәти 100,1 пайызды, халықтыӊ жан басына 627 мыӊ сўмды қурады.

Экспорт көлеми 2170,1 мыӊ долларды қурап,  118,4 өсимге ерисилди ҳәмде 1-шерекке белгиленген реже 113,2 пайызға орынланды (реже 1914,3 мыӊ доллар).

Соныӊ ишинде: 1924,7 мыӊ долларлық санаат өнимлери ҳәм 242,3 мыӊ долларлық мийуе-сабзавот өнимлери шығарылып, белгиленген реже тийислисинше 102,9 ҳәм 564,3 пайызға орынланды (санаат өнимлери режеси 1871,3 мыӊ доллар; мийўе сабзавот өнимлери  42,9 мыӊ доллар).

 

Импорттан 630,5 мыӊ долларлық өнимлер алып келинип, өсим пәти 100,8 пайызды қурады.

Соныӊ менен бир қатарда, өткен жылдыӊ 1-шерегине қарағанда инвестициялар көлеми төменлеп кетти. Яғный оныӊ көлеми           24,3 млрд. сўмды қурап, 71,7 пайыз ғана  өсимге ерисилди.

 

Енди, өзлериӊиз тәрепиӊизден мақулланып, тастыйықланған 2022-жыл ушын Кегейли районыныӊ жергиликли бюджети дәраматларын асырыў бойынша әмелге асырылып атырған иләжларға тоқтап өтетуғын болсам усы жылдыӊ январь-апрель айларында 10,0 млрд.сўм муғдарында салық ҳәм жыйымлар түсип, белгиленген реже 113,8 пайызға орынланды. Жергиликли бюджеттиӊ дәраматлар  режеси 3 945,6 млн.сўм болып, ҳақыйқатта 4 546,4 млн.сўмға, яғный 115,2 пайызға орынланды.

Өзлериӊизге мәлим, жергиликли бюджетке режеден артық қанша қаржы топланса, бул дегени бюджет параметрлеринде нәзерде тутылмаған иләжларды қаржыландырыўға, мәселен ишки инфрастура ҳәм социаллық объектлерди жаӊадан қурыў ямаса капитал оӊлаўға имканият жаратылады деген сөз.

Сонлықтанда, бул бағдарда Районлык салық инспекциясы, тийисли тараў ҳәм мекемелер, мәҳәлла пуқаралар жыйынлары басшылары, қулласы усы залда отырған район белсендилери ҳәммемиз биргелесип районымыздың бар имкәниятларынан толық пайдаланып жумыс алып барыўымыз лазым болады. Яғный,

– жер салығы, суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық ҳәмде мал-мүлк салықларыныӊ толық есапланыўын тәмийнлеў ҳәмде усы салық төлемлер бойынша салық қарыздарлығына жол қоймаслық шараларын көриў;

– айланбадан салық түри бойынша салық төлеўшилер тәрепинен нақ пул айланбаларының салық есабатларында толық көрсетилиўи үстинен турақлы салық бақлаўын орнатыў ҳәмде зәрүр жағдайларда хронометраж ҳәмде камерал салық бақлаў жумысларын өткериў;

– инвентаризация нәтийжелери бойынша анықланған, нызамсыз жумыс алып барып атырған карьерлер жумысларын нызамластырыў ҳәмде оларды салық базасына қамтып алыў;

– Мәжбүрий орынлаў бюросы, Мәмлекетлик салық инспекциясы менен бергеликте салықлар ҳәмде басқа мәжбүрий төлемлер бойынша бар болған салық қарыздарлықларын бюджетке өндириў бойынша тийисли иләжлар көриў.

Усы жылдыӊ январь-апрель айларында жәми 3469 жаӊа жумыс орынлары жаратылып, соннан қурылыс, транспорт ҳәм коммунал тараўда 58 орын, инвестициялар, сыртқы саўда ҳәм жергиликли санаатты раўажландырыў тараўында 13 орын, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўында 1880 орын, финанс-экономика, исбилерменлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў тараўында 1372 орын, туризм ҳәм мәденият тараўында 139 орын, спорт тараўында 7 орын жаратылды.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
➡️@kegeylirkuzofficial

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

14.05.2022 10:46:51 579