Онда атап ɵтилиўинше, районымызда қурылыс жумыслары алып барылып атырған “Жаңа ϴзбекстан”турақ-жайлар массивинде 2022-2024-жыллар ишинде ҳәр бири 30 квартирадан ибарат 20 дана көп қабатлы турақ-жайларды қурыў режелестирилмекте. Соннан 2022-жылы 7 дана, 2023-жылы 7 дана ҳәм 2024-жылы 6 дана көп қабатлы турақ-жайлар қурылып жәми 600 шаӊарак заманагөй турақ-жайлар менен тәмийинленеди.
Сондай-ақ, усы массивте социаллық тараў объектлеринен 375 орынлы 1 мектеп имараты, 120 орынлы 1 Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 1 дана 20 орынлық медицина поликлиникасы, 3 дана саўда дуканы, 2 дана халыққа турмыс хызметин көрсетиў орайы, 2 дана нанбайхана, 2 дана жәмийетлик аўқатланыў орны ҳәм шайхана имараты, мәҳәлле орайы, дәрихана ҳәм бир дана спорт комплекси менен тәмийинленеди.
Турак-жай массивин инженерлик-коммуникациялар менен тәмийинлеў ушын, 3500,0 метр электр тармағы, 380,0 метр иишимлик суў тармағы, 150,0 метр тәбийғый газ ҳәм 200,0 метр байланыс тармақлары тартылады