КӨК ӨЗЕКЛИ ПУҚАРАЛАР МЕНЕН АШЫҚ СӘЎБЕТЛЕСИЎ

12.05.2022 11:07:36 769 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязов район ҳәкимине бириктирилген 1-секторға қараслы Көк өзек аўыл пуқаралар жыйынының, район орайынан 43 шақырым узақта жайласқан шетки аймақларынан бири болған Ақ қудуқ аўылы халқы менен ушырасып олар менен ашық сәўбетлести.

✅Сәўбетлесиў барысында ҳәким орынбасары тәрепинен бүгин мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардың негизинде исбилерменликти раўажландырыў баслы мақсет етип белгилеп алынғанлығы атап өтилип, бул бағдарда районымыз көлеминде мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен алып барылып атырған жумысларға ҳәм Көк өзек аўыл пуқаралар жыйынының ишки имканиятларына кеңнен тоқталып өтти.

✅Сондай-ақ, ушырасыў даўамында пуқаралардың пикир-усыныслары тыңланып, бир қатар турмыслық мәселелерге байланыслы болған мүрәжатлары да қабыл етилди.
Қабыл етилген мүрәжатлардың айырымлары орынларға шыққан ҳалда үйренилди.

12.05.2022 11:07:36 770