Бүгин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында сектор баслықлары ҳәм жуўапкер ўәкиллердиң қатнасыўында күн даўамында тараўларда әмелге асырылыўы лазым болған жумысларға арналған нәўбеттеги ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда тийкарынан мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери тәрепинен өзлериниң жуўапкершилигинде белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынлап барыў кереклиги атап өтилип, бүгинниң өзинде орынланыўы лазым болған бир қатар тапсырмалар белгилеп берилди.