БҮГИНГИ ҚАБЫЛЛАЎДА…

06.05.2022 15:52:38 685 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында, район Халық қабыллаўханасы ҳәм сектор басшыларының пуқаралардың мүрәжатларын қабыллаў етиў бойынша нәўбеттеги қабыллаўы ɵткерилди.

Онда 20 дан артық пуқаралар жумысқа орналасыў, коммунал хызметлер, медицина мәселелерине байланыслы болған машқалалары менен мүрәжат етти.

Район сектор басшылары тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары үйренилип шығылып, басым кɵпшилигиниң сол орынның ɵзинде унамлы шешимине ерисилди.

Сондай-ақ, қабыллаў даўамында алдынғы ɵткерилген қабыллаўларда мүрәжат еткен ҳәм мүрәжатлары унамлы шешилген пуқаралар район ҳәкимине, секторларға ҳәм тараў басшыларына ɵзлериниң миннетдаршылықларын билдирген пуқаралар да ушырасты.

Буннан аңлаўымыз мүмкин, ҳәр бир ɵткерилген қабыллаўдағы ҳәр бир мүрәжат район басшыларының дыққат итибарында. ϴйткени, ҳәр бир мүрәжаттың артында инсан тәғдири турғанлығын олар жақсы сезинеди.

Қабыллаўлар болса ҳәр ҳәпте даўам етеди…

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

06.05.2022 15:52:38 686