КЕГЕЙЛИ РАЙОНЫНДА “МӘҲӘЛЛЕБАЙ” ИСЛЕЎ СИСТЕМАСЫ БОЙЫНША ХАЛЫҚТЫҢ ТУРМЫС ШАРАЯТЫН ЖАҚСЫЛАЎ, СОЦИАЛЛЫҚ ЖАҚТАН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ҲӘМ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ АЙРЫҚША ИТИБАР ҚАРАТЫЛМАҚТА

06.05.2022 15:33:15 388 Баспаға шығарыў

⚡️Әсиресе, Президент басламасы менен аймақларға бириктирилген ҳәким жәрдемшилериниң жумыс нәтийжелери ҳәм районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде бириктирилген Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң әмелий жәрдемлери, бүгин, ҳәр бир аймақтағы шаңарақлар турмысында унамлы өзгерислерди пайда етпекте.

Халық пенен пикирлесиў, әмелге асырылған жумыслар менен танысыў мақсетинде бүгин, район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязов қатнасыўында Әндижан ўәлаятының жуўапкер ўәкиллери Ф.Эгамов, З.Абдухаликов ҳәм республикадан бириктирилген ўәкил Ф.Акбаровлар тәрепинен аймақларға шыққан ҳалда үйрениў жумыслары алып барылды.

Жумысшы топар ағзалары Нурлы-бостан, Жылўан жап, Мәденият МПЖ ҳәм Ақтуба, Абат АПЖ ларда Әндижаннан бириктирилген районлар тәрепинен орынланған жумыс көлеми, орынланыўы зәрүр жойбарлардың турмысқа енгизилиўи, исбилерменлик имканиятлары менен танысып, аймақ турғынлары менен сәўбетлести.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

06.05.2022 15:33:15 389