ЕСЛЕЎ-МУҚАДДЕС, ҚӘДИРЛЕЎ АҒЛА ПАЗЫЙЛЕТ!

07.05.2022 15:30:36 506 Баспаға шығарыў

Миллионлаған инсанларды өмирден алып кеткен, мыңлаған аўыл ҳәм қалаларға ўайраншылық, апатшылық келтирген фашизм үстинен ерисилген уллы жеңисте районымыз халқының да мүнәсип үлеси бар. Кегейли районынан Екинши жер жүзилик урысқа 4462 адам қатнасқан.

Соннан 2857 көкиреги толы орден ҳәм медальлар менен елимизге аман-есен қуўысты. Ал, 962 жаўынгер урыста мәртлерше қаза тапқан болса, 679 азамат бийдәрек жоғалған. Мине усы азаматларымызды еске алыў, оларды қәдирлей билиў биз келешек әўладтың алдында турған баслы ўазыйпаларымыздан бири.

Усы мүнәсибет пенен бүгин Кегейли районында салтанатлы байрам илажы шөлкемлестирилип, онда район басшылары, белсендилери, нураныйлер, фронт арты мийнет ветеранларының шаңарақлары ҳәм жаслар қатнасып, “Ҳәсиретли ана естелиги”не гүллер қойылды.

Илажда район ҳәкими Д.Утемуратов шығып өз сойлеўинде урыс қатнасыўшыларының уллы мийнетин баҳалады.
Буннан соң, пүткил дуньяның тынышлығына үлес қосқан, жаўынгер марҳумларымыз руўхына қуран оқылды.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

07.05.2022 15:30:36 507