– Балалар напақасы таярланған шаңарақта балалар саны өзгерген жағдайда (нәӯбеттеги бала туўылғанда, 18 жасқа шекемги балалардан бири қайтыс болғанда, бала (балалар) 3 жасқа ҳәм 18 жасқа толғанда ҳәм сол сыяқлылар), балалар напақасы муғдары балалардың тийисли санынан келип шығып, кейинги айдан баслап қайта есапланады.
Бул ушын балалар напақасын алыӯшы өзиниң жасаӯ орнындағы Пенсия қоры бөлимине арза ҳəм тийисли хүжжетлери менен мүражаат етиӯи керек.
– Мағлыӯмат ушын:
Шаңарақ қурамындағы өзгерислер ҳəм жасаӯ орнының өзгериӯи ҳаққындағы мағлыӯматлар бойынша Пенсия қоры бөлимине өз ӯақтында хабар бериӯ бойынша жеке жуӯапкершилик – арза бериӯшиге жүклетиледи.
Пенсия коры болими баслыгы орынбасары Базарбаев Алишер