ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ «МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН ШАХСЛАРДЫ ҲӘМДЕ ХАЛЫҚТЫҢ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎҒА МҮТӘЖ ҚАТЛАМЛАРЫН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎДЫҢ ҚОСЫМША ИС-ИЛӘЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ ПП-74-САНЛЫ ПӘРМАНЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛДИ.

30.04.2022 16:44:49 244 Баспаға шығарыў

➡️ Пәрманға бола, 2022-жыл 1-апрельден баслап өзгелер күтимине мүтәж майыплығы болған балалардың күтими менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине ҳәр айда 500 000 сўм муғдарында напақа төлеми енгизилди.

Бул пәрман менен өзгелер күтимине мүтәж болған 18 жасқа шекемги балалардың кеселликлери дизими тастыйықланған.

⚠️ Күтим напақасы пуқаралардың Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына қылған мүрәжатлери тийкарында бюджеттен тысқары Пенсия қорының қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен таярланады ҳәм төленеди.

?Бунда, өзгелер күтимине мүтәж балалар ҳаққындағы мағлыўматларды Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги Пенсия қорының мәлимлеме системасына электрон формада усынып барады.

? Егерде, өзгелер күтимине мүтәж майыплығы болған балалардың күтими менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине напақа таярланған жағдайда, күтим напақасы төлеми арза берилген айдан кейинги айдан баслап АК «Халық банки» филиаллары арқалы белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

 

Пенсия коры болими баслыгы орынбасары А.Базарбаев

30.04.2022 16:44:49 245