Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2-Б.Айназаров сайлаў округинен депутат У.Утегеновтың өз округ сайлаўшылары “Абат макан” мәҳәлле пуқаралары менен ушырасыўы болып өтти

29.04.2022 14:22:17 226 Баспаға шығарыў

Ушырасыўда Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың барысы ҳәмде қабыл етилип атырған бир қатар нызамлар ҳәм басқада норматив-ҳуқықый хүжжетлердиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети кеңнен түсиндирилди.

Соның менен бирге район көлеминде әмелге асырылып атырған социаллық әҳмийеттеги қурылыс жумыслары, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген инвестициялық жойбарлардың орынланыў барысы ҳәмде май айында болып өтетуғын пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўдиң ҳуқықый тийкарлары ҳақкында түсиндирип өтилди.

Ушырасыў барысында пуқаралардың бир қатар турмыслық машқалалары тыңланып, бул бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў органларына депутат сораўын шығарыўға уйғарылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

29.04.2022 14:22:17 227