УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

29.04.2022 14:18:47 130 Баспаға шығарыў

2022 жыл 28-апрель күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 7-Дарўазақум сайлаў округинен депутаты С.Қалхановтың өз округ сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда Президентимиздиӊ «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаӊа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманыныӊ мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин, сондай-ақ усы жылдыӊ 23-24-февраль күнлери Президент Шавкат Мирзиёевтыӊ республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша белгилеп берген бир қатар әҳмийетли ўазыпалары ҳаққында халыққа түсиник берди.
Ушырасыў барысында пуқаралар тәрепинен көтерилген машқалалардың шешими бойынша тийисли хожалық басқарыў органлары басшыларына депутат сораўы шығарылыўы белгиленди.

29.04.2022 14:18:47 131