Өзбекистан Республикасы Президенти тəрепинен 2020 жыл 3-августта «Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жəнеде жетилистириў ҳəмде раўажландырыў илəжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4796 санлы қарары қабылланып, оған муўапық статистика органлары талап жоқары болған сапалы ҳəм исенимли мағлыўматларды қəлиплестириўге, статистикалық мағлыўматлардың ашықлығы ҳəм əшкаралығын тəмийнлеўге қаратылған профессионал, ғəрезсиз хызметке айландырыў белгилеп қойылған.
Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў, микрофирма ҳəм киши карханаларда бəнтлиги тəмийнленбеген жасларды жумыс пенен тамийнлеў бойынша каламызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
2022 жылдың 1 апрель жағдайына районымыздын аймағында 1358 хожалық журитиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери 668 ди қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳарекет етип турғаны 607 субъект болып, соннан 47 субъект жыл басынан жанадан ашылып бугинги кунде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жанадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған женилликлер, статистика бөлимине тапсырылатугын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳəм олардын муддетлери ҳаққында тусиниў жумыслар алып барылмақта.
Районымызда ҳазирги кунде 8 МПЖ хам 8 АПЖ болып 2022 жыл 01 апрель халатына халык саны 73,8 мың адам жасап келмекте.
Соныда айтып отиўимиз керек Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында 2023 жылда халықты дизимге алыўга таярлық кориў ҳəм оны өткериў туўрасында»ғы 710-санлы қарарында белгилеп берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде бөлим хызметкерлери район аймағында жайласқан мəкеме, кəрхана, озын-ози басқарыў уйымлары ҳəм билимлендириў мəкемелеринде ушырасыў, семинарлар өткерип бармакта. Бөлим хызметкерлери мəҳалле ҳəм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими хызметкерлери менен биргеликте, ҳəр бир макан ҳəм аўыл пуқаралар жыйинларына орынларға шыққан ҳəл да көше атамалары, жай номерлериниң тийисли тəртипте қыстырылыўы ҳəмде аймақтын карталары бойынша уйрениў жумысларын алып бармақта.
Кегейли районы статистика бөлими.