Кегейли районлық финанс бөлиминиң 2022-жылдың биринши шереги жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, аймақлық потенциалдан келип шыққан ҳалда жергиликли бюджет дараматларының қосымша дереклерден пайдаланыў жөнелислери туўралы есабаты ҳаққында.

27.04.2022 10:27:13 218 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық финанс бөлиминиң 2022-жылдың биринши шереги жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, аймақлық потенциалдан келип шыққан ҳалда жергиликли бюджет дараматларының қосымша дереклерден пайдаланыў жөнелислери туўралы есабаты ҳаққында.

 

Кегейли районлық финанс бөлиминиң 2022-жылдың биринши шереги жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, аймақлық потенциалдан келип шыққан ҳалда жергиликли бюджет дараматларының қосымша дереклерден пайдаланыў жөнелислери туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районлық финанс бөлими баслығы Д.Ибрагимовтың 2022-жылдың биринши шереги жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққындағы мәселе бойынша баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2.Кегейли районлық  районлық қаржы бөлими (Д.Ибрагимов):

– районның жергиликли бюджетиниң шығынлар бөлегиниң белгиленген тәртипте ҳәр шеректе орынланыўын тәмийинлеў;

– жергиликли бюджеттен қаржыландырылатуғын мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўына жол қоймаў;

– жергиликли бюджеттиң артық орынланыўы нәтийжесинде еркин қалдық есабынан белгиленген тәртипте мақсетли пайдаланыў бойынша айқын илажлар белгилесин.

– жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, қосымша дереклерден пайдаланыў жөнелислери, жергиликли бюджет дараматларын асырыўдың анықланған резервлери туўралы ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында есабат берип барыўға миннетленсин.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) жүкленсин.

 

27.04.2022 10:27:13 219