Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳалларды талқылаў ҳаққында.
Кегейли районы аймағында 2022-жылдың 3 айы 20 күн даӯамында улыӯма 34 жынаят жүз берген болып, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 14 жынаятқа, яғный улыўма жынаятлар саны 142,9 пайызға ѳскен.
“Абат ҳәм қәӯипсиз мәҳәлле” принципи тийкарында 16 мәхәллениң 12 мәхәллеси, яғный 75 пайызы “жасыл” аймақларға, 4 мәҳәллеси (“Нурлы бостан” МПЖ, “Гүжим терек” МПЖ, “Ақтуба” АПЖ, “Қумшунгил” АПЖ) “қызыл” аймақлар қатарына киритилген.
Орынларда алды алыныўы мүмкин болған жынаятлардың жүз берилиўине жол қойылған, атап айтқанда “Нурлы бостан” МПЖ да 1 денеге аӯыр жарақат жеткериӯ, “Ақтуба” АПЖ да 1 урлык, “Қумшунгил” АПЖ да 1 урлык, Гүжим терек” МПЖ да 1 урлық, “Жалпак-жап” АПЖда 1 алимент төлеӯден бас тартыӯ жынаятлары жүз берген.
Жас ѳспиримлер тәрепинен 1 жынаят, жаслар тәрепинен 6 жынаят, ҳаял-қызлар тәрепинен 1 жынаяттың жүз бериўине жол қойылған.
Адам өлими менен байланыслы 2 жол транспорт хадийселери жүз берген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 24 декабрьдеги “Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-4075-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳаллары ҳаққындағы мәселе бойынша Кегейли районлық ишки ислери бөлими жәмийет қәўипсизлиги хызмети, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы баслығы Мырзабаев Асқар Мырзабаевичтиң баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлигине, районлық ишки ислер бөлимине:
– аймақта жүз берген, биринши нәўбетте социаллық-турмыс түстеги жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм шараятларын үйренип шығыў, ҳуқыққа қылаплық ҳәрекетлерди келтирип шығарған себеплерди анықластырыў ҳәмде жуўапкер лаўазымлы шахслардың ҳәрекетсизлигине тийисли баҳа берип барыў ҳәм шаралар көриў;
– жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин асырыў бойынша мәнзилли усыныслар ислеп шығыў;
– ҳуқықбузарлық ҳәрекетлер бойынша өз ўақтында тәсиршең шараларын көриў;
– ҳуқықбузарлықлар профилактикасы жумысларында тийисли органлар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм олардың бирге ислесиўин шөлкемлестириўде тәсиршең ис-иләжлар белгилеў ҳәм қадағалаўын орнатыў;
– жынаятлар дәрежеси өсимине жол қойылып атырған аймақларда тийисли пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм профилактика инспекторларының жынаятшылықтын алдын алыў бойынша алып барып атырған жумысларын орынларда сын көз қараста талқылап барыў тапсырылсын.
- Кегейли районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков) районлық мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап кўўатлаў бөлими (А.Сейтимбетов), районлық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова), Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими А.Төремуратов) ҳәмде пуқаралар жыйынлары менен биргеликте:
– жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳәмде жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша турақлы түрде профилактикалық илажларды өткерип барыў;
– жаслардың сиясий белсендилигин ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға қаратылған зәрүр илажларды белгилесин ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Район аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәмде жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр жынайый аўҳаллар ҳәр айда Халық депутатлары районлық Кеңесиниң сессияларында ҳәмде тийисли турақлы комиссия мәжилислеринде талқыланып барылсын.
- Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәслелери бойынша комиссиясына жүкленсин.