Жəмийетте коррупция иллети өзиниӊ түрли көринислери менен сəўлелениўи мүмкин, бул бойынша барлық ҳуқықты қорғаў органлары, сондай-ақ, кеӊ жəмийетшилик усы иллетке қарсы гүресиўимиз дəркар.
Мəмлекетимизде басқышпа-баскыш əмелге асырылып атырған раўажланыўлардыӊ тийкарғы мақсетлеринен бири инсан ҳуқық, еркинлиги ҳəмде нызамлы мəплерин исенимли қорғаўдан ибарат.
Жəмийетте нызам үстинлигин тəмийинлеў, пуқаралардыӊ ҳуқықый мəдениятын асырыў, пуқаралардыӊ нызамларға бойсыныўы ҳəмде ҳүрмет етиў руўхында тəрбиялаў демократиялық, ҳуқықый мəмлекет ҳəмде еркин пуқаралық жəмийетти қурыўда əҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады.
Ҳəр бир пуқара Конституцияда белгиленген мəжбүриятларын сөзсиз орынлап барыўы керек.
Коррупция иллетининӊ көринислери айрым ўақытлары ашықтан-ашық көринбеслиги ҳəм мүмкин, бул көринислер жасырын формада, мəселен саўғалар бериў ямаса илтимаслар арқалы өз мүтəжликлерин питкериў сыяқлы.
Айрым ҳалларда өз хызмет ўазыйпалары менен байланыслы ҳалда əмелге асырылыўы мүмкин. Буған мысал ретинде, усы жылдыӊ февраль айында жынаят ислери бойынша Елликқала район судында көрип шығылған жынаят иси мазмунында өз сəўлелениўин тапқан.
Пуқара А.Н. Төрткүл районында жайласқан авто мектепте жумыс ислегенинен пайдаланып, буннан алдын алдаўшылық жынаяты менен судланғанлығынан өзине тийисли жуўмақ шығармастан, жеӊил жоллар менен байлық арттырыўды өзине мақсет қылып, Төрткүл районы “Дўстлик” МПЖ да жасаўшы пуқара Ш.С. ны өзиниӊ лаўазымлы таныслары арқалы транспорт қуралын басқарыу ушын айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўəде қылып оннан пара сыпатында 2 700 000 сўм пул талап қылып оны пара бериўге ийтермелеп, дəслеп 2020-жылдыӊ октябрь айында усы соралған пулдын 1 000 000 сўмын алдын ала алып, қалған бөлегин 2021-жыл 12-апрель күни Төрткүл районында жайласқан “Руслан” кафеси алдында алдаўшылық жолы менен тəкираран қолға киритип алған ўактында дəлийллер менен бирге қолға алынған.
Бул пуқараға суд тəрепинен нызамда белгиленген тийисли жаза шарасы қолланылды.
Бул жағдайдан көринип турғанындай жəмийетимизде усы унамсыз иллеттӊн алдын алыў, оған имкəният жаратыўшы ҳəр қандай көринислердиӊ алдын алыўға бəршемиз бирдей қатнасыўымз тийис.
О.МАЎЛЕНОВ,
Жынаят ислери бойынша
Елликқала районы суды баслығы.