Сессия мәжилисине район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық сектор басшылары, мәкемелер ҳәм жәмийетлик бирлеспелер баслықлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ баслығы Д.Утемуратов ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде төмендеги мәселелер көрип шығылды.
Кегейли районы Жынаят ислери бойынша суды баслығының 2022-жыл биринши шереги даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси тыңланды.
Кейинги мәселеде, Кегейли районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында мағлыўматлар берилди. Онда атап ɵтилиўинше, Кегейли районы аймағында 2021-жыл гүз ҳәм 2022-жыл бәҳәр мәӯсимлеринде жәми 610 000 дана декоратив тереклер хам мийўе нәллерин егиў белгилеп берилген. 2021-жыл гүз маўсиминде 274 мыӊ дана терек нәллери егиӯ режелестирилген болып соннан 278 мыңнан аслам декоратив тереклер ҳәм мийўе нәллери егилди. 2022-жыл бәҳәрмәӯсиминде жәми 336 мыӊ дана декоратив тереклер ҳәм мийўе нәллери егиӯ режелестирилген болып, бүгинги күнде 370 мыӊнан аслам терек нәллериниң егилиўи тәмийинленген.
Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселеде «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳәм район сектор басшылары ҳәмде мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен «Темир дәптери» тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Күн тәртибинен орын алған кейинги мәселелерде Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳалларды талықланды.
Сондай-ақ, 2022 жылда Кегейли районында “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў системасының үшинши басқышын шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында мәлимлеме тыңланып, Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығыныӊ 2022-жылдың биринши шереги даўамында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабат берилди.
Сессия даўамында және де бир катар тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша депутатларға есабатлар берилди. Атап айтқанда, Кегейли районлық финанс бөлиминиң 2022-жылдың биринши шереги жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, аймақ потенциалынан келип шыққан ҳалда жергиликли бюджет дараматларының қосымша дереклеринен пайдаланыў жөнелислери туўралы есабаты, жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған усыныслардың мәнзилли дизимине өзгерислер киргизиў ҳәм аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийқан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер кɵрип шығылды.
Сессияныӊ күн тәртибиндеги көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети