УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ.

25.04.2022 12:09:44 361 Баспаға шығарыў

2022-жыл 23-апрель күни райондағы «Мәденият» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 4-санлы «Күнхожа» сайлаў округинен депутат Б.Искендеров өз сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда депутат Б.Искендеров жаңадан қабыл етилген Нызамлар, Қарарлар, Пәрманлардың мазмун-әҳмийети ҳаққында пикирлер билдирди.
Сондай-ақ, сайлаўшылардан тәрепинен 15 ке жақын мүражатлар, усыныслар билдирилди ҳәм билдирилген мүражатлар бойынша тийисли орынларға депутат сораўы жиберилетуғынлығы мәлим етилди.

25.04.2022 12:09:44 362