ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

25.04.2022 12:08:11 159 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде районлық финанс бөлиминиң 2022-жылдың биринши шереги жуўмағы менен жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы бойынша районлық финанс бөлиминиң есабаты ҳәмде районлық мәмлекетлик салық инспекциясының 2022-жылдың биринши шереги жуўмағы бойынша салық түсими ҳәм

басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша прогноз көрсеткишлериниң орынланыўы бойынша алып барып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселелер кеңнен додаланды.

Мәжилис күн тәртибиндеги көрилген мәселе бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.

25.04.2022 12:08:11 160