Исбилерменлик усылында кооперация жумысларын шөлкемлестириўди даўам еттириў бойынша Республика исши топар ағзалары Кегейли районында болды

22.04.2022 10:24:57 470 Баспаға шығарыў

Исши топар ағзалары 2022-жылда Кегейли районында кооперация усылында исбилерменликти жолға қойыў бойынша әмелге асырылатуғын 3 жойбар менен жақыннан танысты.

Атап айтқанда, “Жалпақ жап” АПЖ “SAID XOJA PARRANDACHÍ” ЖШЖ 300 млн сўм қаржы есабынан кооперация шөлкемлестириу ушын субсидия тийкарында 200 млн сум ажыратыў ҳәм турақлы 5 жумысшының бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген.

Сондай-ақ, “Халқабад” МПЖ да қусшылық жөнелисиндеги “Munavvaray Agro Klaster” ЖШЖниң жойбар баҳасы 487 млн сўм болып, субсидия тийкарында 200 млн сўм каржы ажыратыў белгиленген.

Ал, “Қумшүнгил” АПЖ да ислеп шығарыў жөнелисинде шөлкемлестирилген “Қумшүнгил тигиў цехы” ушын субсидия тийкарында 40,5 млн сўм қаржы ажыратылып, 10 тигиў машинасы алып берилип, бугинги кунде 11 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленген.

Исши топар ағзаларының кейинги мәнзили “Мәденият” МПЖ ғы Нурманов Жумабай басқарып атырған “Гулбағ-Лалазар” көп тармақлы фермер хожалығында болды. Олар бул орында нәл жетистириў, пал ҳаррешилик ҳәм ыссыханада баў бағша өнимлерин жетилистириў бағдарындағы жумыслар менен танысты. Соның менен бирге, жойбар баҳасы 31 млрд сўм болғпн “Қумшүнгил барака ҳалал”ЖШЖ алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысып, жойбардан күтилип атырған нәтийжелер бойынша пикир алмасты.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

22.04.2022 10:24:57 471