Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник Б.Избасаровтың басшылығында райондағы 3-секторға қараслы “Жалпақ жап” аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша көшпели қабыллаўы шөлкемлестирилди.
Қабыллаўда келип түскен жәми 17 мүрәжатта аймақтағы ең тийкарғы машқала сыпатында аўыл халқына егислик жерлерин суўғарыў ушын егислик суў ҳәм күнделикли пайдаланыў ушын таза ишимлик суўы зәрүрлиги пуқаралар тәрепинен атап өтилди.
Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы режелер бойынша тараў басшылары тәрепинен пуқараларға толық мағлыўматлар берилип, басқа тараўларға тийисли болған мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial