«КИТАПСҮЙЕР МИЛЛЕТ» СҮРЕНИ АСТЫНДА «КИТАПҚУМАРЛЫҚ ҲӘПТЕЛИГИ» 18-23-АПРЕЛЬ КҮНЛЕРИ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

18.04.2022 18:12:47 1423 Баспаға шығарыў

«Китапсүйер миллет» сүрени астында «Китапқумарлық ҳәптелиги» 18-23-апрель күнлери өткерилмекте

✍️Өзбекстан Республикасы Минстрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрдеги «2020-2025 жылларда китапқумарлық мәденият раўажландырыў ҳәм қоллап-қууўатлаў миллий дәстүрин тастыйқлаў ҳаққында»ғы 781-санлы қарарына тийкар, Өзбекстан Республикасында 2021-жылдан баслап ҳәр жылы апрель айында «Китапқумарлық ҳәптелиги»н өткериў ўазыйпасы берилген.

Усы мүнәсибет пенен «Китапсүйер миллет» сүрени астында «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң Кегейли районы мәлимлеме китапхана орайында ашылыү мәресими болып өтти.

Ҳәптеликти өткериўден мақсет келешек қурыўшылары болған жасларымыздың мәнаўиятын жетилистириў , китапқумарлық мәдениятын асырыў , китапқа болған қызығыўшылығын оятыў болып табылады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

18.04.2022 18:12:47 1424