“Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында районда әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжелерине арналған баспасɵз конференциясы болып ɵтти

10.04.2022 16:33:38 1673 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигинде тастыйықланған медиа-режеге тийкар, “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында районда әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжелерине арналған баспасɵз конференциясы болып ɵтти

Оған район ҳәқиминиң санатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратов қатнасты ҳәм әмелдеги жумыслар ҳәм режелер ҳаққында конференция қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берди.

Онда атап ɵтилгениндей, район бойынша  “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында «Жалпақ жап» АПЖ, ҳәм «Ақтуба» АПЖ аймақларында жәми 19249,2 млн.сўмлық қурылыс-оӊлаў жумыслары режелестирилген, соннан:

– сметалық баҳасы 5381,2 млн.сум. болған 16,9 км соныӊ ишинде “Жалпақ жап” АПЖ да 8,45 км, “Ақтуба”АПЖ да 8,45 км ишки жолларды оӊлаў жумысларын алып барыў;

– сметалық баҳасы 4341,0 млн.сум. болған 34,0 км электр тармақларын жаӊадан тартыў, 688 дана темир бетон бағаналар орнатыў ҳәм 8 дана трансформатор пунктин жаӊадан орнатыў ҳәм оӊлаў соннан “Жалпақ жап” АПЖ да 13,7 км тармақ, 274 дана темир бетон бағана ҳәм 3 дана трансформатор пункти, “Ақтуба” АПЖ да  20,3 км тармақ, 414 дана темир бетон бағана ҳәм 5 дана трансформатор пунктлерин орнатыў режелестирилген;

– сметалық баҳасы 4450,0 млн.сум. болған 11,8 км ишимлик суў тармағын жаӊадан тартыў ҳәм 3 дана суўды душшыландырыў үскенесин орнатыў, соннан “Жалпақ жап” АПЖ 8,0 км  ишимлик суў тармағы, 2 дана душшыландырыў үскенеси. “Ақтуба” АПЖ 3,8 км ишимлик суў тармағы, 1 дана душшыландырыў үскенесин орнатыў;

– Сметалық баҳасы 90,0 млн.сум болған 6,0 км байланыс тармағын, соннан “Жалпақ жап” АПЖ да 2,0 км, “Ақтуба” АПЖ да               4,0 км байланыс тармағын тартыў;

– Сметалық баҳасы  6,6 млн.сум.болған 4,1 км газ тармағын ҳәм                7 дана ГРП ларды, соннан “Жалпақ жап” АПЖ да 1,6 км, “Ақтуба” АПЖ да 2,5 км газ тармақларын оӊлаў;

“Ақтуба” АПЖ аймағында сметалық баҳасы 3300,0 млн.сум болған 90 орынлық  мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын жаӊадан қурыў;

– Сметалық баҳасы 600,0 млн.сўм болған “Ақтуба” АПЖ ныӊ ҳәкимшилик имаратын жаӊадан қурыў;

– Сметалық баҳасы 600,0 млн.сум болған 120 дана, соннан (“Жалпақ жап” АПЖ да 60 дана, “Ақтуба” АПЖ да 60 дана түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў;

– 60 дана, соннан “Жалпақ жап” АПЖ да 30 дана, “Ақтуба” АПЖ да 30 дана жеке тәртиптеги үй жайларды оӊлаў ушын . 300,0 млн.сўм. жумысларды әмелге асырыў режелестирилген.

Баспасɵз конференциясында ғалаба хабар кураллары ўәкиллери ɵзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

 

 

 

 

 

 

 

 

10.04.2022 16:33:38 1674