Кегейли районы ҳәкиминиң сессия аралығындағы қабыл етилген айырым шешимлерин тастыйықлаў ҳаққында
“Жергилик мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 20-статьясына, сондай-ақ Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Регламентиниң 6-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы ҳәкиминиң:
– 2022-жыл 31-марттағы К. Т. Жиенбаевты Кегейли районлық қаржы бөлими баслығы лаўазымынан босатыў ҳаққындағы 125-13-184-Q/22-санлы шешими;
– 2022-жыл 6-апрельдеги Д. Ж. Ибрагимовты Кегейли районлық қаржы бөлими баслығы лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы 132-13-184-Q/22-санлы шешими тастыйықлансын.
Халық депутатлары Кегейли
районлық Кеңесиниң баслығы: Д.Утемуратов