Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен 2022-жылдың биринши шерегинде жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында

15.04.2022 17:23:44 197 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен
2022-жылдың биринши шерегинде жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында

Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде  «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

  1. Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы директоры
    А.Джумабаевтың 2022-жылдың биринши шереги даўамында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумысларының барысы ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Халық бәнтлигине көмеклесиў орайына (А. Жумабаев):

– 2022-жылда  жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша прогноз көрсеткишлериниң ҳәр шеректе турақлы түрде орынланыўын толық тәмийинлеў;

– жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша прогноз көрсеткишлериниң күнлик мониторинг системасын енгизиў;

– район аймағындағы жумыссыз пуқаралардың дизимин қайта мәҳәллебай хатлаўдан өткериў ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў;

– миграция нәтийжесинде шет елден қайтып келген пуқараларды системалы түрде бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриў;

– миграция бойынша шет елде жумыс ислеўди қәлеўши пуқараларды заманагөй кәсипке бағдарлаў ҳәм шет тиллерге оқытыўға көмеклесиў жумысларын шөлкемлестириў;

– жумыссыз пуқаралар, әсиресе жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге, исбилерменликке оқытыў көлемин кеңейттириў;

– район аймағында ҳәр айда бос жумыс орынлары ярмаркаларын өткериўди шөлкемлестириў, бунда оның сыпаты ҳәм нәтийжелилигине айрықша итибар қаратыў илажларын көриў;

– пуқараларды кәсип-өнерге оқытыў бойынша ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў;

– әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары районлық Кеңесине есабат берип барыў тапсырылсын.

  1. Район ҳәкиминиң 2021-жыл 15-декабрьдеги 84-13-184-Q/21-санлы шешими менен жумыссыз пуқараларды кәсип-өнерге оқытыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 3 мәҳәлле пуқаралар жыйынларында кәсип-өнерге оқытыў орынлары шөлкемлестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) ҳәм район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовқа жүкленсин.
15.04.2022 17:23:44 198