Кегейли районлық ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында

15.04.2022 17:22:23 1088 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында.

 

Кегейли районлық ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы қарақалпақстан Республикасы Нызамының
21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районлық ирригация бөлими баслығы Қ.Примбетовтың суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районлық ирригация бөлими тәрепинен суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, район аймағында суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  3. Кегейли районлық ирригация бөлими баслығы Қ.Примбетовқа суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайларын жақсылаў, алынған суўды тежеў ҳәм мақсетли пайдаланыў бойынша зәрүр илажларды белгилесин.
  4. Кегейли районы Ирригация бөлими (Қ.Примбетов), Кегейли районы фермер, дийхан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (М.Шерниязов) аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте суўдың там-тарыслығын есапқа алған ҳалда фермер, дийхан хожалықларының ҳәм пуқаралардың үй қапталы қыйтақ жерлерине суў жеткерип бериўди тәмийинлеў, бәҳәрги суўғарыў жумысларын өз мүддетинде өткериў бойынша айқын илажлар белгилеў тапсырылсын.
  5. Әмелге асырылған жумыслар ҳаққында 2022 жылдың 30-июль сәнесине шекем Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мағлыўмат бериў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына (Б. Қазақбаев) ҳәм район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарына (П. Өтениязов) жүкленсин.
15.04.2022 17:22:23 1089