Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ–5072-санлы қарарына муўапық район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды қаржыландырыў ҳаққында

15.04.2022 17:16:18 735 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрельдеги

 ПҚ–5072-санлы қарарына муўапық район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды қаржыландырыў ҳаққында

 

 

Кегейли районлық финанс бөлиминиң Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ-5072-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кеӊесиниӊ 2021-жыл 21-апрельдеги
КҚ-213-IV-санлы қарарларына муўапық, аймақларды социаллық–экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў жуўмағы менен “жеңимпаз” усынысларды таңлап алыў ҳәм оларға қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

                                                                  

ШЕШИМ ЕТЕДИ

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Сенаты Кеңесиниң 2021-жыл 21-апрельдеги КҚ-213-IV-санлы қарарлары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Кегейли районлық финанс бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ–5072-санлы қарарына муўапық район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды қаржыландырыў ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Жергиликли бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәм орынланыўын мониторинг қылыў бойынша Жумысшы комиссияның район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды район бюджетиниң “Пуқаралар басламасы жамғармасы” қаржылары есабынан қаржыландырыў бойынша усынысы мақуллансын.
  4. Район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды район бюджетиниң “Пуқаралар басламасы жамғармасы” қаржылары есабынан қаржыландырыў бойынша мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  5.   Жумысшы комиссияға район бюджетиниң жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўга жөнелттирилген қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы ҳәмде қаржылардың ажыратылыўы ушын усыныс етилген барлық ҳүжжетлердиң ҳақыйқатлығына жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
  6. Район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары (А.Отемуратов) “жеңимпаз” деп табылған усыныслар тийкарында жүргизилетуғын қурылыс ҳәм оңлаў жумысларының өз мүддетинде сыпатлы орынланыўын қадағалаўға алсын.
  7. Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы (Н. Даўенова) ҳәм районлық “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм “жеңимпаз” деп табылған илажларды қаржыландырыў ҳәмде әмелге асырылыўы тийис болған жумысларға байланыслы мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  8. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (С. Қалханов)на жүкленсин.
15.04.2022 17:16:18 736