Кегейли районлық әдиллик бөлими баслығының район шеңбериндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

15.04.2022 17:12:22 862 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық әдиллик бөлими баслығының район шеңбериндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде  ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

 

Кегейли районлық Әдиллик бөлими баслығының район шеңбериндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде  ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени көрип шығып, ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районлық Әдиллик бөлими баслығы С.Асановтың район шеңбериндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги, район аймағындағы мәмлекетлик мәкемелер, кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына:

– өз ўәкилликлери шеңберинде буйрықлар, қарарлар тәризиндеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаўды шөлкемлестириў ҳәм ислеп шығыўда “Норматив-ҳуқықый хүжжетлер ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларына қатаң әмел қылыў;

– экспертизадан өткерилиўи шәрт болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлериниң белгиленген тәртипте мәпдар кәрхана ҳәм шөлкемлер менен келискен ҳалда тийисли органлардан экспертизадан өткерилиўин тәмийинлеў;

– қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлериниң рәсмий дереклер болған ғалаба хабар қуралларында жәриялаў  ҳәм қабыл қылған органлардың расмий                 веб-сайтларында жайластырып барыў әмелиятын енгизиў тапсырылсын.

  1. Кегейли районлы Әдиллик бөлимине (С.Асанов) район шеңбериндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде  ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы ҳәр шеректе Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында мәлимлеме берип барыўға миннетленсин.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүклетилсин.
15.04.2022 17:12:22 863